Transcript Document

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик
педагогикалық институты
Тәбияттаныў ҳәм география факультети
Зоология кафедрасы
2a топарының талабасы Х.Курбаниязованың
Жас зоолог догереги ушын таярлаган
презетациясы
Нокис-2013 ж
Тема: Жер-суў ҳайўанлар
классына улыўма сыпатлама
Реже:
 1. Амфибиялардың өзине тән өзгешели белгилери
 2. Амфибиялардың жасаў шараяты
 3. Амфибиялардың ишки органларының
өзгешелиги
 4. Амфибиялардың көбейиўи

Амфибиялар ен аз санлы хам эпиуайы топ.
Копшилиги жасау цикл стадияларына байланыслы
гэ сууда, гэ кырда жасап (метаморфоз) бирнеше
озгериулерден кейин озине тэн формасына келеди.
Личинка сууда, жетилискени кырда жасайды.Сонын
ушында сагак пенен дем алыу окпеге алмаскан хэм
оган сэйкес кан айланыс системасыда озгерген, бес
бармаклы аяк коллары пайда болган, сезиу орган
системасыда бир озгерген. Бирак,
ержеткенлериндеги кургаклыкка ийкемлесиуи
оншелли кушли емес. Окпеси пәс
рауажланганлыктан косымша дем алыу хызметин
териси аткарады.
Ҳәзирги амфибия түрлериниң улыўма
саны 2100-2600 болып 3 отрядка
бириккен: Қуйрыклылар(Candata) яки
(UrodeIa) аяксызлар (Apoda) ҳәм
куйрыксызлар(Anura) яки (Ecandata).
Қуйрыклылар (Candata)
Аяқсызлылар (Apoda)
Айрықша қәнигелескен ең
әпиўайы амфибия группасы
болып денеси топырақ
қуртларына уқсаган. Аяғы
жоқ. Териси жалаңаш
безлерге бай ҳәм силекейли.
Қуйрығы жүдә келте, клоака
тесиги денесиниң ең
ушында жайласқан. Көзи
лэкет (рудиментарный)
еситиў нерви төмен
раўажланған, барабан
пердеси жоқ. Капулятив
(жынысый шағылысыў)
органы клоака дийуалына
жайласқан.
Аяқсызлылар (Apoda)
Аяқсызлардың көбейиўи мәйек инге салыў арқалы болады. Урғашысы
салынған мәйек атырапында өзиниң көп силекейлери менен оны қурғап
кетиўден қорғайды.
Эпидермис қуйрықсызларда
муйизленген. Ол курбакларда
эпидермистин 60% қатламын
қурайды. Амфибиялар суўды суўда
териси арқалы алады
Тери қапламы: териси жалаңаш.
Эпидермиси безлерге бай болып
денесин суйық перде менен жаўып газ
алмасыуын тәмийнлейди ҳәм
кептирмейди. Бактериялардың
кириўинен сақлайды – Патоген,
микробтан а-Уўлы тери безлери
амфибияда жыртқышлардан сақлайды.
Амфибиялар түрлери
Қуйрықсызлар әдеўир
жоқарғы дәрежедеги
дүзилиске ийе ҳәм кең
таралған амфибиялар
болып, барлык
материклерде
ушырасады. Тек
Антрактикада жоқ.
Булардың арткы аяғы
күшлирек раўажланған.
куйрыксызлар(Anura) яки (Ecandata)
Көриў органлары: а) қыймылдаўшы қабағы
болып-көзди патастан, кеўип кетиўден
сақлайды. Төменги қабағы ҳәм қағыўшы
пердеси бар. Ол көзиниң алдында жайласкан.
б) көзи дунес, алыстан көреди. в) Аккомодаул
кирпик булшық ети арқалы хрусталигин
өзгертип турады .
Амфибиялар түрлери
Еситиў органы: буларда ишки ҳәм ортанғы
қулак бөлимлери бар. Ортанғы қулақ
қуўыслығының бир ушы аўыз-жутқыншаққа,
екиншиси бас бөлиминен сыртқа ашылады.
Олар перде арқалы бөлинген. Пердеден
жоқарысы барабан куўыслығы деп
аталады.Онда таяқша сияқлы суйекке
жайласқан, оның бир ушы, ишки қулактың,
узынша тесигине, басқасы барабан пердеси
менен жалғасқан. Ортанғы қулактың төменги
бөлими аўыз жутқыншаққа ашылып евстихиев
тутиги деп аталады.
Көпшилик түрлеринде туқымланыў
иште болады. Көбейиўи туқымланған
уўылдырықты салыў, личинка ямаса
тири туўыў жолы менен болады.
Айырым турлеринде личинка
стадиясында көбейиў уқыбына
(неотемия) ийе
Пайдаланған әдебиятлар:
1. Асенов Г. А. ҳ.т.б. Омыртқалылар зоологиясы
бойынша лабораториялық жумысларға қолланба,
Нөкис, «Билим», 1997 ж.
2. Наумов С.П. Зоология позвоночных. Москва,
1982 ж.
3. Наумов С.П. Омыртқалылар зоологиясы. А-Ата,
«Мектеп», 1970ж.
4. Тлеўов Р.Т., Алламуратов Б.А. Омыртқалылар
зоологиясы. НДПИ-2004 ж.
5. Урчинов Ж. Зоология. ОУМТВ-2006 ж.